HaftanınÇok Okunanları
Gülzura Cumakunova 1
HUDAYBERDİ HALLI 2
HİDAYET ORUÇOV 3
UFUK TUZMAN 4
KEMAL BOZOK 5
Kader Pekdemir 6
MERYEM HAKİM 7
Ушырасайық | Buluşalım |
Ушырасайық бул рет мойын ийгил сен, Нурдан тиккен көйлегиңди кийгил сен, Ушрасқанда уялшақпан билесең, Мени күтпей қос ернимнен сүйгил сен.
Шашларыңа қызыл гүллер тағып кел, Шымшық айбат жүрегимди жағып кел, Тасқынлатып кеўилимниң кенарын, Таў басынан булақ болып ағып кел.
Мен күтемен қолларыма гүл тута, Дилгир атта сабыр суўын сырқыта, «Мен киммен» деп көзлеримди беркитип, Сен келесең жаным, мени қорқыта.
Танымасам көзиң менен ат мени, Ғəрип киби қул базарда сат мени, Муҳаббеттиң мийтин болып түйилген, Шешилместей шылбырына шат мени.
ϴкпем күшли келмес болсаң дилбарым, Зая етпе алтын күнниң нурларын. Ушрасайық, сөйлесейик көп мениң, Телефонда айталмастай сырларым.
Аллаяр Дарменов | Buluşalım bu sefer, boyun eğ sen,
Saçlarına kızıl güller takıp gel, Bekliyorum bir çiçeği tutarak Tanımazsam gözlerinle vur beni, Gücenmem eğer gelmezsen sevgilim, |